Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илим-изертлеў илимий институты ҳәм музейдиң шөлкемлестириўинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, Орайлық Азияның белгили тарийхшыларының бири, Қарақалпақстан илиминиң кәрўанбасысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан илиминиң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, тарийх илимлериниң докторы, профессор Сабыр Камаловтың 100 жыллығына арналған «Сабыр Камалов ҳәм Қарақалпақстан илими» атамасындағы республикалық илимий конференция болып өтти.
Дәслеп музейде С.Камаловтың илимий мийнетлери, жеке ҳүжжетлери, фотосүўретлери, жаратқан илмий мектебин өз ишине жәмлеген көргизбеси болып өтти.
Илимий әнжуманды музей директоры Ш.Пайзуллаева басқарып барды. Илажда С.Камаловтың аўылласлары, кәсиплеслери, белгили тарийхшы илимпазлар, шәкиртлери ҳәм шаңарақ ағзалары шығып сөйлеп, академиктиң илимий-дөретиўшилик жолы, республикамыздың илимин раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ҳаққында айтып өтти.
Академик С.Камалов 1924-жылы 10-сентябрде Караөзек районы ҳәзирги А.Досназаров АПЖ аймағындағы «Қарабуға» аўылында туўылады. С.Камалов екинши жер жүзлик урыс қатнасыўшысы. 1944-жылы урыстан қайтқаннан соң, Шымбай қаласының орта мектеплеринде муғаллим болып жумыс ислей баслайды. Сол жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетине оқыўға киреди. Студентлик дәўиринен, яғный 1948-жылдың январь айынан баслап Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақ Экономика ҳәм маденият илим-изертлеў институтына киши илимий хызметкер болып жумысқа кирип, өз илимий-дөретиўшилик исин баслайды. Сол жылы институты питкергеннен соң сентябрь айында ӨзССР ИА Тарийх ҳәм археология институтына аспирантураға оқыўға түседи. Бул институт С.Камаловты СССР Илимлер академиясының Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы Этнография институты жанындағы Тарийх ҳәм этнография қәнигелиги бойынша аспирантураға жибереди. Сол ўақыттағы елге аты танылған алымлар С.П.Толстов, Т.А.Жданко, В.А.Рыбаков, М.М.Герасимов ҳәм басқалар менен илимниң сырларын үйренип, қарақалпақ халқының тарийхын изертледи. Аспирантураны питкергеннен кейин 1951-жылдың май айынан баслап 1953-жылдың октябрь айына шекем ӨзССРИА Қарақалпақ Экономика ҳәм мәденият илим-изертлеў иснтитутында киши илимий хызметкер, ал, 1954-1957-жыллары үлкен илимий хызметкер болып ислейди.
1957-1961-жыллары Карақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, 1961-1996—жылларда ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлими Президиумын басқарды. Ал, 1992-1996-жылға шекем бир ўақыттың өзинде ӨзРИА вице-президенти болып исследи. 1996-жылдан өмириниң ақырна шекем ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Президиумының мәсләҳәтшиси болып исследи. 1953-жылы апрелде «Қарақалпақлар Россияға қосылғанға шекем Хийўа ханлығының қурамында (1800-1873-жж)» атлы темада кандидатлық, 1969-жылы «Қарақалпақлар XVIII-XIX әсирлерде (Россия ҳәм Орта Азияның басқа ханлықлары менен қатнасықлары тарийхынан)» атлы темада докторлық диссертацияларын табыслы жақлап шығады. 1974-жылы С.Камаловқа профессор атағы ҳәм ӨзРИА хабаршы-ағзасы, ал, 1979-жылы ҳақыйқый ағзасы етип сайланады. 1973-жылы С.Камаловқа «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери», 1974-жылы «Өзбекстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атақлары бериледи.
Илимий жуыслар менен бирге, С.Камалов үлкен жәмийетлик ислерди де алып барды. Ол 1959-1999-жылларда 40 жыл даўамында үзликсиз Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Жоқарғы Советлерине депутатлыққа сайланып келди. 1963-1985-жыллары ўзликсиз ҚҚАССР Жоқарғы Совети Президиумы баслығының орынбасары болып исследи. 1961-1965-жыллары Қарақалпақстиан «Билим» жәмийетиниң баслығы, 1961-1996-жыллары «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Хабаршысы» илимий журналының бас редакторы, 1994-жылдан С.Камаловтың қатнасыўында ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты жанында ашылған тарийх илимлеринен кандидатлық диссертацияларды қабыллаў ҳәм жақлаў бойынша Қарақалпақстанда биринши Қәнигелестирилген Кеңес ашылып, оған басшылық етти.
С.Камалов еки рет «Мийнет Қызыл байрақ» (1961,1971), биринши дәрежели «Ўатандарлық Урыс» (1985) орденлери, «Жаўынгерлик хызметлери ушын» (1965) ҳ.т.б. медаллар менен сыйлықланды. Еки рет Өзбекстан Жоқарғы Советиниң Ҳүрмет грамоталары берилди. 1994-жылы «Жасорат» ҳәм «Шухрат» медаллары, 2002-жылы илим ҳәм техника тараўы бойынша Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды. 2003-жылы «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланған.
Оның 400ден аслам илимий мийнетлери жарыққа шыққан. С.Камаловтың илимий басшылығында 20 дан аслам илим докторлары ҳәм илим кандидатлары жетилисип шыққан.
А.УЛЫМБЕТОВА,
музейдиң илимий хызметкери.
Сүўретлерде: әнжуманнан көринислер.
" ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН" 13-ФЕВАРЛЬ 2024-ЖЫЛ №18