Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

ЖЫРАУ ЖОЛЫ ЖУМАБАЙ ЖЫРАУ БАЗАРОВ

Атқарыўшылық өнери қарақалпақ халқының ең ескиден киятырған сүйикли өнерлерниң бир топарын қурайды. Атқарыўшылар жыраў, бақсы, қыссахан, сазенде, қосықшы болып бир неше топарларға бөлинген. Бул атқарыўшыларды пүткил бир театрға теӊлестирген еди илимпазлардыӊ бири. Ҳақыйқатында да, бул атқарыўшылар бир ўақыттыӊ өзинде өзи жырлап атырған дөретпениӊ ишиндеги түрли образларды түрлише жанр, түрлише көринисте сүўретлеп береди. Тыӊлаўшыға тыянақлы ҳәм кеўилге қонымлы етип жеткерип береди. Соның ишинде қобыз бенен атқаратуғын жыраўлар шығысы жағынан қарақалпақ халқының массагетлер дәўиринен киятырған ең ески өнерлердиң бири болып есапланады. Жыраўлар халық арасында үлкен ҳүрметке сазаўар болып келген.

Соппаслы Сыпыра жыраўды қарақалпақ жыраўларының ең уллы устазы деп есаплаған. Белгили қарақалпақ илимпазлары Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов ҳәм басқалар қарақалпақ жыраўшылық мектебин Соппаслы Сыпыра жыраў аты менен байланыстырады. Қарақалпақ бақсы жыраўлары халық дүрданаларын, музыкалық мийрасымызды әўладтан-әўладқа жеткерип, устаз шәкирт шығарып бизиң дәўиримизге шекем қәстерлеп сақлап киятыр.

Солардан өткен әсирде қарақалпақ жыраўларының ең ири ўәкиллери Қурбанбай Тәжибаев, Есемурат Нурабыллаев, Хожамберген (Өгиз жыраў), Қыяс Хайратдинов, Қаражан Қабулов, Жапақ Шамуратов, Ещан Қосполатовлар ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып келди. (Халық даналығы 5-8 бет)

Усындай хәзирги дәўирдеги белгили жыраўлардан Жумабай жыраў Базаров атқарыўшылығы айрықша көзге тасланады.

Өзбекстан халық бақсысы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жумабай Базаров 1927-жылы Түркменстан Республикасы Ташаўыз областында туўылады ҳәм де Хожели районына көшип келеди. 1948-1950-жыллары Қоңыратқа келип Есемурат Нурабыллаевқа шәкирт болады хәм оннан терме-толғаўларды, «Қоблан» «Шарияр» «Едиге» дәстанларын үйренеди. Жумабай жыраў мийнет жолын Шоманай районлық мәденият бөлиминде даўам еттиреди.1970-жылдан баслап Жумабай жыраў Қарақалпақстан хәм Өзбекстан көлеминде өткерилип атырған көплеген таңлаў, илимий анжуманлар, фестивалларға қатнаса баслайды. 1976-жылы Самарқандта, 1978-жылы Нөкисте өткерилген фолклорлық шығармаларды атқарыўшы бақсы-жыраўлардың жарысларына қатнасып жеңимпаз болады.1980-жылы 12-сентиябрде Ташкентте өткерилген III пүткил аўқамлық тюрколлогиялық конференцияға қатнасып, қарақалпақ дәстанларын жырлайды. 1981-жылы германиялы илимпаз Бонн университетиниң профессоры Райхл Жумабай жыраў менен ушырасыў ушын арнаўлы түрде излеп келеди. «Мен ең бахытлы адамман,өйткени излеп журген затымның дерегин таптым. Өзбекстан бойлап жасаған саяхатымның ең жоқаргы ҳәўижи Жумабай жыраў менен ушырасыў болды», дейди профессор Карл Райхл. 1983-жылы Жумабай жыраў Қашқадаряның Шахрисабыз қаласында өткерилген жарыста жеңимпаз болып, 1984-жылы Дағистанда дәстанллардан үзиндилер жырлады. 1987-жылы II пүткил аўқамлық фестивалға қатнасып 2-орынды ийелейди ҳәм сол жылы «Қарақалпакстан халық жыраўы» ҳүрметли атағы берилди. 1999-жылы 12-14-май күнлери Сурхандәрьяда «Алпамыс» дәстанының дөретилгенине 1000жыл толыўына байланыслы өткерилген салтанатлы юбелейде қатнасты ҳәм бул халықаралық фестивалда 1-орынды жеңип алыўға мийяссар болды.Усындай тынымсыз мийнетлери, шебер атқарыўшылығы, халқымыздың миллий өнерин сақлаўдағы ҳәм тарқатыўдағы пидайылығы ушын 2000-жылы «Өзбекстан халық бақсысы» атағын алыўға мияссар болды. Жумабай жыраў Базаров 2006-жылы 79 жасында дүнядан өтти. (Жыраӯ намалары 29-33 бет)

Ҳәзирги ўақытта Жумабай Базаровқа тийисли болған қунлы мағлыўматлар хәм де портрети перзентлери ҳәм жақынлары тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине саўға ретинде тапсырылған.

«Қобыз»

Биз жоқарыда жыраўлар дәстанларды қобыз бенен атқарғанын атап өткен едик. Сонлықтан жыраў дегенимизде қобызды әлбетте еске аламыз. Қобыз әсбабыныӊ қысқаша тарийхы туўралы да көз жуўыртып өтсек.

Қарақалпақ халқының арасында шығысы жағынан ең гөне, ески музыкалық әсбаблардың бири –қобыз. XVIII әсирде жасаған белгили илимпаз Дервиш Алийдың айтыўына қарағанда «Қобыз – күтә жағымлы ҳәм көркем даўыслы тар тағылған музыкалық аспаб. Оның айтыўына қарағанда қобыз уллы сәзенде хәм музыка теориясын терең ийлеген Султан Жалайыр (1356-1374) атлы алым тәрепинен соғылған.» (Жыраӯ намалары 6,7 бет)

Қарақалпақ жыраўы Есемурат жыраўдан Қ.Айымбетов жазып алған аңызды мысалға келтирип өтеди. «Қорқыт ата хәмме наманы шалатуғын музыкалық әспаб ислеп шығарыўды ойлай баслайды.. Бирақ та бул саз әспабти соғыў қыйын. Себеби оны ислеў ушын қатты жийде ағашынан қырқып, бүкирлеў етип жоныў керек,оның ишин тостағандай етип ойып,аўзын түйениң териси менен қаплап асаў ғунанның қуйрығынан тар тағып шертип көриў керек » деген.

Дәўирлердиң өтиўи менен басқа бирқанша халықларда кем-кемнен қолланыўдан шығып,оның орнын басқа әспаблар ийелеп алған болыўы мүмкин.Ал қобыз әспабы қарақалпақлар арасында елеге шекем халық турмысында турақлы орын ийелеп киятыр.Сонлықтанда, биз қобызды- қарақалпақ сазларының ең тийкарғы,ески миллий әспабларынынан бири сыпатында таныймыз.Хақыйқатында оның ғаңқылдаған сестинде өтмиштеги ата-бабаларымыздың әсирлер даўамында басынан кеширген азап-ақыретлери, ана топрағынан айрылып, бүлгиншиликке ушрағандағы қайғылы күнлери,келешек бахытлы өмирге талпыныўдағы арзыў-әрманлары,патриотлық минезлери менен күшли кейиплери ушласып турады.Сонлықтанда «Өмир жүгин арқалап, бели бүкирейген қобызым, » деп халкымыз оған бийкар айтпаған. (Қарақалпақ әдебияты тарийхы 22 бет)

Қарақалпақстан халық баксысы,Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лаўреаты мархум Аңсатбай Хайратдинов тәрепинен қобыз намаларын жыйнап ҳәм бир қәлипке түсирип ноталастырған. Халқымыздыӊ бай мәдений мийрасы болған бундай жанр ҳәм оныӊ атқарыўшылары арқалы исленген пидайи ислери келешек әўладқа бийбаҳа мийрас болары сөзсиз.

Бердақ атындағы

Қарақалпақ әдебияты тарийхы

мәмлекетлик мүзейи

илимий хизметкери

Якубов Бахытбай

" ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСЬАН" 7-НОЯБРЬ 2023-ЖЫЛ ( 20999)


© All Rights Reserved.