Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

ҚАРАҚАЛПАҚ БАҚСЫЛАРЫНЫҢ САҒАСЫ АҚЫМБЕТ БАҚСЫ

Бақсы сөзи түрк тиллес халыкларда бурыннан киятырған ески сөз. Қарақалпақ халық жыршыларының дуӯтар менен саз шертиӯшилерге «Сәзенде», дуӯтарға ҳаӯаз қосып нәсият қосықларды, ашықлық дәстанларды айтып хәм шертип атқаратугын өнер ийесиниң бири БАҚСЫ деп аталған. Бақсылардың саз-асбабы “Дуӯтар” болып, қарақалпақлар дуӯтарын «Аламойнақ дуӯтар» деп атаған. Себеби, дуӯтар саз-әсбабы сылыӯ, тартымлы көриниӯи ушын дуӯтар мойнын сүйек пенен қаплап, майда сулыӯ нағыслар салынып, шеберлик пенен соғылады. Қазақ халқының уллы алымы Шоқан Ӯәлийханов айтқанындай Бир күни қосық қарақалпақлар отырған еллерге келсе, қосықты олар үлкен миймандослық пенен иззет-ҳурмет етип, таң атқанша ықлас пенен тыңлапты.Сонда ол қосықтың ҳақыйқый ийеси мында екенғой деп таңланыпты ҳәм сол күннен баслап, «Қарақалпақларға биринши қосықшылар, саҳра бүлбиллери» деп ат берипти. Қарақалпақ бақсылары жыраӯларға қараағанда соң пайда болған. Бақсылық қарақалпақларға Орта Азия халықларынан кирген, Хорезмдеги өзбеклерден, Түркменлерден үйренген. Қарақалпақлар арасынан Ақымбет, Муӯса, Еденбай, қусаған атақлы айтқыш бақсылар шығып, бақсылық өнерди жоқарғы басқыщқа көтерген. «Ғәрип ашық» «Юсуф Ахмет» «Гөруғлы» сыяқлы дәстанлар қарақалпақ бақсыларының негизги репертуары болды.

Қарақалпақ халқының көркем өнери ишинде бақсышылық жолы сөз етилер екен, сөз басымызды Ақымбет бақсыдан баслаймыз. Ҳақыйқый аты Аҳмуҳаммед болып, бирақ Ақымбет болып айтылып кеткен. XIX әсирдиң өмир сүрген қарақалпақ халқына даңқы жайылған,бақсылық өнерин баслаған атақлы бақсының бири болады. Ақымбет баксы Шымбай қаласының арқа тәрепинде “Қос терек” деген жерде шама менен 1820-1895 жыллары өмир сүрген. Халқымызда «Жақсыдан бағ қалады» деген әжайып нақыл сөз бар. Ақымбет баксы да қарақалпақлар арасына бақсылық өнерди таратыӯ мақсетинде биринши бақсылар мектебип жаратып,өзи шәкирт таярлаған. Олардан Муса, Еденбай, Байнияз, Досназар болып, олар атақлы бақсы болыӯ дәрежесине ерискен.Олардың ишинен Муса бақсы менен Еденбай бақсы халыққа танылған, ең айтқыш бақсалардан болып аты елге жайылған. Бердақ шайыр да Ақымбетке шәкирт түсип, намалар үйренип,өзи жазған қосықларды үйренген намаларға салып атқарып келген.Әжинияз шайырда Ақымбеттиң жетик дәрежели бақсы болғанлығын,өз қосығында сәӯлелендиреди.Әжинияз шайыр үйленген тойында Ақымбет бақсыдан хизмет етип бериӯди өтниш еткенде,тойға келип тамаша берген. Ақымбет бақсы болыӯы туӯралы халықтың сүйиспеншилигинен бир қанша аңызларда пайда болған. Мәселен, Ақымбет туӯыларда анасы бүлбилдиң етине жерик болған десе,екинши биреӯлер Ақымбет саз шертип отырса бүлбил дуӯтарының қулағына келип қонып кете береди екен деп айтып өткен (Қ.Айымбетов «Халық даналығы», 145-152 бетлер).

Өзбекстан ҳәм Қарақарлпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсупов тәрепинеған жазып алын мағлыӯматларда Ақымбет туӯралы халық аӯзындағы бай мағлыӯматлардан хабар береди.Ақымбет туӯралы бир аңызда:

«Иси ериккен Хийӯаның ханы өз кол астындағы еллерден атақлы бақсы,жыраӯларды хәм сәзенделерди алдырып айттырған. Ақымбет бақсыныда шақыртқан.Хан сарайының Тамбур деген ең үлкен бақсысы шерткен «Шырӯан» деген наманы Ақымбет бақсы оннанда жақсы етип атқарады.Буннан кейин Хан өз бақсыларының деңилгенине кәҳери келип, Ақымбетти үш күн даӯамында удайы айттырады. Хан оның даўысын талдырыӯ ушын, Ақымбетке шылымның суӯын бердиреди. Буны сезген Ақымбет суӯды ишпей қойнына төгип жибереди.Оннан кейин хан әбден ашыӯланып Мақтумқулының китабын қазының алдына қоядыда, ”егер Ақымбет Мақтумқулының сөзинен қәтелессе маған хабар бер” ддеп буйырады. Ақымбет бул сынақтан да сүринбей өтеди. Оннан кейин хан Ақымбетке “меннен не тилейсең” деп сорайды. Сонда Ақымбет “мениң бир ғана тилегим бар, ол да болса ендигиден былай сиз мени көрмең, мен сизди көрмейин” деген екен.

Ақымбет бақсы бир қанша намалар дөреткен. Солардан «Алақайыс» намасы, «Арыӯхан» намасы, «Бес перде», «Қара жорға», «Қызлар үйге кир», «Яғлы бахар» намалары бизлерге елеге шекем мийрас болып келмекте. (Т.Қаллиев «Қарақалпақ бақсыларының устазы», 14-42-бетлер)

Ақымбет бақсыдан Арзыхан хәм Гүлимхан деген еки қыз туӯылады. Үлкен қызы Арзыхан шыңқобыз саз әсбабын кәмине келтирип шерткен екен. Ақымбет бақсы дүньядан өткенде Әжинияз шайыр бақсыға арнап қосық жазып қалдырады. Ақымбет бақсыға арнап Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында мақбара бой тикледи хәм келешекте барлық бақсы-жыраӯлар, әдебиятшылар барып зыярат етип турыӯ орайына айландырылып «Ашық Айдын пир» дәрежесиндегидей болғанда мақсетке муӯапық болар еди. Ақымбет бақсы атына “Бақсылар” республикалық таңлаӯы өткерилди.

Ақымбет бақсы қарақалпақ халқының көркем-өнериндеги миллий намаларды дөретип,өзи атқарып,көплеген шәкиртлер таярлап,бар талантын халқына берип, миллий саз өнеримизди көклерге көтерип кеткен уллы устаз болып мәңги халық жүрегинде жасап келеди.


Якубов Бахытбай

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарыйхы мәмлекетлик музейи илимий хызметкери.

<< ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН >> 12- ДЕКАБПЬ 2023-жыл №148 (21014)

© All Rights Reserved.