Усы жылдың 24-февраль күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде республикамыздың музей тараўынында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша илаж шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги директорының 1-орынбасары Т.Кузиев шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, тараўды раўажландырыўда алдағы ўазыйпалар жөнинде айтып өтти.
Және де, илажда Т.Кузиев мәмлекетимиздиң мәдений мийрас ҳәм музейлер тараўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар белсендилерди агентликтиң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықлады. Қуўанышлы тәрепи, сыйлықланғанлар қатарында музейимиздиң бас фонд сақлаўшысы З.Акимова ҳәм үлкен илимий хызметкер А.Идрисовлар бар.
Биз де өз гезегинде сыйлықланған кәсиплеслеримиз З.Акимова ҳәм А.Идрисовларды қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеп қаламыз.
Сондай-ақ, илаж даўамында Т.Кузиев Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде болып, музей жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм музейде алда ислениўи керек болған жумыслар бойынша тийисли тапсырмалар берип өтти.