Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Музейимиз жаңа экспонатлар менен толыспақта.

Қарақалпақ халқының миллий мийраслары болған қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий безениў буйымларының усы күнге шекем сақланып келиниўи қуўанарлы.

Сондай мийрасларды өз үйинде қәстерлеп сақлап келген нөкисли Жийемуратова Анаргүл апа музейимизге өзиниң кемпир апасынан мийрас болып қалған безениў буйымларын әкелип саўға ретинде тапсырды.

Биз музей жәмәәти атынан Анаргүл апаға рахмет айтып қаламыз.

© All Rights Reserved.