Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде онлайн форматта ушырасыӯ болып өтти.
Жақында музейимиз бенен Қазақстан Республикасындағы Бухар жыраӯ атындағы әдебият ҳәм көркем өнер музейи арасында өз-ара бирге ислесиӯ шәртнамасы имзаланған еди.
Онлайн ушырасыӯда Қазақстан Республикасындағы Бухар жыраӯ атындағы әдебият ҳәм көркем өнер музейи менен биргеликте алдағы ӯақытлары өз-ара бирге ислесиӯ жумыслары барысы ҳаққында сәӯбетлести.
✅ Илажда музейимиз директоры Ш.Пайзуллаева, Бухар жыраӯ атындағы әдебият ҳәм көркем өнер музейи директоры Е.Каировлар шығып сөйлеп, ҳәр еки музейде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикирлер алмасты.
Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиӯ жумыслары музейимизде еле де даӯам ете береди.
М.Аббазова,
музейдиң бөлим баслығы.