Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Sheberlik sabaqlari

Миллий қәдириятларымызды сақлаў, соныӊ ишинде балалар ойынларын келешегимиз болған жасларға үйретип барыў бүгинги күнниӊ әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады. Усы мақсет пенен музейимизде 2024-жыл 3-апрель күни Қарақалпақ балалар ойынлары «Қашарман», «Теппек» ойынлары бойынша «Шеберлик сабақларын» пайтахтымыздағы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтыныӊ «Дене мәденияты» факультетиниӊ профессор -оқытыўшылары Р.Шылманов, Ш Арзыев, М. Утегенов ҳәм усы факультеттиӊ 1-курс талабалары, топар тютери А. Исметуллаевлар менен бирге қатнасып, «Қашарман», «Теппек» ойынларыныӊ ойналыў усыллары ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўматлар берип ҳәм әмелде ойнап көрсетилди. Ойынлар қатнасыўшыларда көтериӊки кейпиятты пайда етти.

Соӊынан қатнасыўшылар музейимизди саяҳатлап өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

© All Rights Reserved.