Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Бердақ уллы адамлар нәзеринде

Пушкин – рус халқы, Шевченко – украин халқы, Руставели – грузин халқы, Наўайы - өзбек халқы, Мақтымқулы – түркмен халқы, Абай – қазақ халқы ушын қандай қәдирли болса, Бердақ та қарақалпақ халқы ушын сондай қәдирли. Бердақ – қарақалпақ классик әдебиятының шыңы.

М.К.Нурмухуммедов, академик.

Бердақ бабамыз қарақалпақ халқы ҳаққында жер жәҳәнге, келешек әўладқа жар салып турыпты. Ол бүгинги заманда тек қарақалпақлардың ғана емес, ал көпшилик халықлардың иззет-ҳүрметине миясар.

А.Арипов, Өзбекстан қаҳарманы.

Бердақ – қарақалпақ халқының биринши тарийхшысы да болып табылады.

С.П.Толстов.

Бердақ творчествосы тек қарақалпақ әдебиятында ғана емес, көп миллетли Ўатанымыз тарийхында үлкен орын ийелейди. Оның демократиялық идеялары халық данышпанлары арасынан өсип жетискен ....

Бердақ көп миллетли туўысқан әдебияттың туў шоққысының бири.

Ш.Айтматов.

Бердақ еди шайырлардың данасы,

Сөзине ийилди адам баласы.

Өтеш шайыр.

қарақалпақстанды поэзия ели деп атаўға ҳақылымыз ..... Бурын қарақалпақлардың “Саҳра бүлбили” деп бийкарға атамаған. қарақалпақ шайыры Бердақ та өзин “Халықтың саҳрада өскен бүлбили” деп атаўы қалый емес.

К.Яшин.

Бердақтың уллылығы, оның тек халыққа хызмет еткенлигинде яки былайынша айтқанда, халықтан шыққанлығында ғана емес, ал Бердақтың өзи – қарақалпақ халқы екенлигинде. Бердақ – халықта, халық Бердақта жасады.

© All Rights Reserved.