Үлкемизге кирип келген жаңаланыў ҳәм жасарыў әйямы-Наўрыз инсан қәлбин және де гөззал сезимлерге толтырады.
Наўрыз байрамы пүткил республикамыз бойлап улыўмахалықлық сейил тәризинде өткерилип өзгеше пайыз ҳәм көтериңкилик бағышламақта.
Усы жылдың 29-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Наўрыз байрамы кешеси шөлкемлестирилип, қарақалпақ халқының миллий кийим-кеншек, миллий тутыныў буйымларының, миллий тағамлардың көргизбеси шөлкемлестирилди.
Байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы баслығы Қ.Шарипов, музей директоры Ш.Пайзуллаева, шығып сөйлеп жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, пүткил халқымызға, дөретиўшилик ислердиң әтирапына жәмленген, быйылғы жылдан үлкен үмитлер күтип жасап атырған ҳәр бир инсанға оңынан келиўин тиледи.
Байрам илажында жас талант ийелериниң атқарыўындағы қосықлар, сондай-ақ, театрластырылған байрам тамашалары бәршеде өзгеше тәсирлер қалдырды.
Ш.Ембергенова,
Музейдиң бөлим баслығы.