Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

ӘДЕБИЯТ ҲӘМ МУЗЕЙ ДҮНЬЯСЫНДАҒЫ АЎДАРМАЛАР ҒӘЗИЙНЕСИ

Музей халқымыздың алыс әсирлерден берман сақланып киятырған ҳасыл мүлки, кеўил ғәзийнелеринде муқаддес деп түсинилген мийрасларын топлап ҳәм кең жәмийтшиликке көрсететуғын мәдений орай. Сонлықтан да, халық турмысында оның тарийхы менен байланатуғын уғымға ийе болғаны ушын музейлер - халықтың ҳүжжетине қосылған өмирбаяны болып есапланады. Онда сол халықтың халық болып қалиплесиўи яки сол жердиң әййемги тарийхы менен бүгинине дейинги жолы баян етиледи.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебият тарийхы музейине тән халқымыздың ерте дәўирлерден бүгинги күнге дейинги өмир жолын сәўлелендирген әдебий нусқалары, ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты, халық аўыз еки дөретпелери, қол жазба мийраслары, қарақалпақ классик әдебиятымыз тулғалары, XX ҳәм XXI әсирлер қарақалпақ әдебиятының ўәкиллери ҳәм олардың дөретпелериндеги халқымыз тарийхында терең из қалдырған тарийхый тулғалар ҳаққында, Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлик жылларында, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасының ғәрезсизлик жылларында көркем әдебияттағы ерискен табыслары ҳаққында сөз етиўден ибарат.

Музейимиз халықаралық бирге ислесиў жумыслары шеңберинде өткен 2023-жылы Қазақстан Республикасындағы Абай атындағы мәмлекетлик мемориаллық-корықхана музейи менен және В.Даль атындағы Россия әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи менен биргеликте өз ара бирге ислесиў шәртнамаларын дүзген.

Усы шәртнамалар тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм В.И.Даль атындағы Россия әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи биргеликте усы жылдың 12-13-март күнлери «Әдебият ҳәм музей дүньясындағы аўдармалар ғәзийнеси» атамасында халықаралық илимий конференциясы шөлкемлестирилди. Конференция онлайн форматта Москва ҳәм Нөкис қалаларында болып өтти.

Конференцияның ашылыўында Мухаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында онлайн видеобайланыс арқалы В.И.Даль атындағы Россия әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры Д.П.Бак, музейимиз директоры Ш.Пайзуллаева, Қарақалпақстандағы Рус мәдений орайының баслығы Г.Зоркина, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры Т.Мкртычев, НМПИ профессоры А.Пирниязова ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Қарақалпақ халқының тарийхын изертлеўде, тарийхый архитектуралық естеликлерин үйрениў ҳәм аўыз еки әдебиятын жазып алыўда, рус тилине аўдарыўда рус алым ҳәм жазыўшыларының да айырықша үлеси бар. Сонлықтан да, алдағы ўақытлары Россия әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи менен биргеликте музейлеримизде сақланып турған қунлы әдебий шығармаларды рус ҳәм қарақалпақ тиллерине аўдармалаў, оларды өз алдына китап етип шығарыў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў – баслы мақсетлеримизден есапланады.

Р.АРЗИЕВ,

музейдиң үлкен илимий хызметкери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: конференциядан көринислер.

© All Rights Reserved.