⚡️Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм В.И.Дал атындағы Россия әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи биргеликте усы жылдың 12-13-март күнлери «Әдебият ҳәм музей дүньясындағы аўдармалар ғәзийнеси» атамасында халықаралық илимий конференциясын шөлкемлестирмекте.
Конференция онлайн форматта Москва ҳәм Нөкис қалаларында болып өтеди.
✅ Барлық қызығыўшыларды конференциямызға мирәт етемиз!
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай. (Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи).