Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Сейфулғабит Мǝжитовтың 155 жыллығы

2024-жыл 5-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде қарақалпақ ǝдебиятының көрнекли ўǝкили, драматург, прозаик, педагог, шайыр ҳǝм аўдармашы Сейфулғабит Мǝжитовтың 155 жыллығына бағышланған «Жаңаша билимге жол ашқан шайыр» атамасындағы ǝдебий кеше болып өтти. Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева басқарып барды. Илажда белгили илимпазлар Қ.Сейтмуратов- педагогика илимлеринин кандидаты, доцент-«С.Мǝжитовтыӊ жадидшилик-ағартыўшылык хызметлери ҳǝм тǝлим-тарбиялык ой-пикирлери», Б.Диланов-филология илимлериниң кандидаты, доцент - «С.Мǝжитов-ағартыўшы бабамыздың бийбаҳа мийрасы», А.Идрисов - Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи аға илимий хызметкери- «С.Мǝжитов - араб жазыўына тийкарланған биринши қарақалпақ ǝлипбесиниң илимий ǝҳмийети», Қ.Нǝжимов-ҚМУ Тарийх факультети декан орынбасары- «Хорезм ҳәм Қарақалпақстанда жадид усылындағы мектеплериниӊ ашылыўы ҳаққында дереклер» атамасындағы баянатлары менен қатнасты. Кешеге сондай-ақ, Қоңырат районы №39-санлы мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары шайырдың қосықларынан үзиндилер оқып берди. Кешемизге С.Мәжитовтың әўладлары, ақлық-шаўлық, қуўлықлары қатнасып шығып сөйледи. Кеше соңында университет қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейиниӊ көшпели көргизбеси менен жақыннан танысты.


Сейфулғабит Мǝжитов ярым ǝсирлик дөретиўшилик хызмети менен қарақалпақ ǝдебиятының корнекли ўǝкили, драматург, про-заик,педагог,шайыр, аўдармашы сыпа-тында жǝмийетшиликке танылды.

Сейфулғабит Мǝжитов 1869-жылы Россияның Казань губерниясының «Артем» деген аўылында ǝпиуайы дийқан шаңарағында туўылған. Ол жаслайынан саўатлы болған. Татарстандағы ҳǝм Азербайжандағы жǝмийетлик ǝдебий хǝдиселерден хабардар болған. Оның шаңарағы 1880-жылы Қоңыратқа кошип келеди. Жас ўақтынан баслап хǝр түрли жумысларда хызмет атқарады.

Сейфулғабит Мǝжитов қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улы менен усы Таллық бойында танысады.1907-жылы Қоңырат районында Жадидлер мектебиниң ашылыўына белсене қатнасады. Усы мектепте 1920-24 жыллары директор болып ислейди. 1924-жылы Хорезм халық республикасының ордени менен сыйлықланады.

С.Мǝжитов 1925-жылы Тѳрткүлге шақырылып алынды хǝм оның алдына қарақалпақ мектеплери ушын окыў китапларын жазыў ўазыйпасы қойылады. Ташкентке жибериледи ҳǝм С.Мǝжитовтың «Əлипбе», «Оқыў китабы», « Егеделер саўаты» китаплары басылып шығады.

С.Мǝжитовқарақалпақ драматургиясының баслаўшыларының бири. Ол 20-жыллардың екинши ярымынан баслап «Ерназар алакѳз», «Сабақ», «Жигит болдық», «Сонғы селтең», «Бағдагүл» пъесаларын жазады. Ол қосық пенен қара сѳз аралас (қаҳарманлық дǝстанлар үлгисинде) «Сүйин хǝм Сара», «Он тоғыз», «Қулмурат» деген романлар да жазған. Сейфулғабит Мǝжитов 1937-жылы «Халық душпаны» деп айыпланып қамалып кетиўи себепли бул шығармалар китап болып шықпаған. Қол жазбалары жойтылып кеткен ҳәм 1938-жылы Төрткүл түрмесинда қайтыс болады.

С.Мǝжитов 1958-жылы 29-сентябрьде

Қаракалпакстан Республикасы прокурорының қарары менен ақланады.

© All Rights Reserved.